KOMPYUTER ARXITEKTURASI ЖК ушын программалық тәмийнат өндирисинде стандартларды ким анықлайды? Microsoft! ЖК ушын операцион система ислеп шығыўда үстемлик етип турыпты. MS DOS ҳәм Windows 3.1, Windows 9598, Windows NT, Windows 200 ҳәм Windows XP. Алдын ғәрезсиз компаниялар тәрепинен усынылған көпшилик утилиталар (дискти кэшлеў, дисклерди қысыў, дефрагментация, калькулятор ҳәм жазыў книжкалары) ҳәзир Windows қа қосылған. Microsoft ҳәтте операцион системаға Web-броузерди қосты. Бул оның сәйкес программалар ислеп шығаратуғын конкурентлерин «қорқытып» таслады. Биринши ЖК лер пайда болғанда IBM ЖК диң аппарат тәмийнлеў стандартын басқарды. Бул Microsoft ты ЖК ушын программалық тәмийнлеўге мәжбүрледи. IBM BIOS (Basic Input Output System) жазды ҳәм Microsoft DOS (Disk Operating System) ҳәм IBM ушын басқа программа ҳәм пакетлер ислеп шықты. IBM Microsoft тан DOS ты қәлеген пайдаланыўшыға сата алатуғын толық лицензиялық келисим ала алмады. Система компонентлери Заманагөй ЖК жыйнаў ушын зәрүр компонентлер. системалы плата; процессор; яд (оператив яд); корпус; блок питания; дисковод (ийилиўшең дисклер ушын); қатты диск; CD-ROM, CD-R ямаса DVD-ROM; клавиатура; мышь; видеоадаптер; монитор (дисплей); даўыс плата; акустик система; модем ЖК диң тийкарғы блоклары ҳәм олардың ўазыйпалары Микропросессор (МП) ЖК дың орайлық блогы болып, ол машинаның барлық блоклары жцмысын басқарыў ҳәм мағлыўматлар үстинде арифметик ҳәм логикалық әмеллерди орынлаў ушын арналған. Микропросессор қурамына төмендеги қурылмалар киреди. Басқарыў қурылмасы (БҚ): машинаның барлық блокларына керекли ўақытта анық басқарыў сигналларын узатады (басқарыўшы импулсларды). Арифметик-логикалық (АЛҚ) - снлы ҳәм белгили мағлыўмат үстинде барлық арифметик ҳәм логикалық әмеллерди орынлаў ушын арналған (ЖК лардың базыбир моделлеринде әмеллердиң орынланыўын тезлестириў ушын қосымша математик сопросессор жалғанады). Микропросессорлы яд (МПЯ) - машина ислеўиниң ең жақын тактлериндеги есаплаўларда туўры қатнасатуғын мағлыўматты қысқа ўақыт сақлаў, жазыў ҳәм узатыў ушын арналған; МПЯ регистрлар тийкарында қурылады ҳәм машинаның жоқары тезлигин тәмийнлеў ушын ислетиледи, себеби тийкарғы яд (ТЯ) тез ислеўши микропросессордың нәтийжели ислеўи ушын керек болған мағлыўматты жазыў, излеў ҳәм оқыў тезлигин барлық ўақытта тәмийнлей алмайды. Регистрлер - ҳәр түрли узынлықтағы ядтың тез ислеўши ячейкалары. Микропросессордың интерфейсли системасы ЖК дың басқа қурылмалары менен жалғаў ҳәм байланыс етиў ушын арналған, ол өз ишине МП дың ишки интерфейси, буферли еслеп қалыў регистрлери ҳәм киритиў-шығарыў портларын (КШП), басқарыў схемалары ҳәм системалы шинаны алады. Интерфейс (interface) - компютер қурылмаларының өзара сәйкеслик ҳәм байланыс қурылмалары топламы болып, олардың өзара нәтийжели ислеўин тәмийнлейди. Киритиў-шығарыў порты (IО port) - жалғаў аппаратурасы болып, микропросессорға басқа қурылмаларды жалғаў имканын береди. Системалы шина Системалы шина - компютердиң тийкарғы интерфейсли системасы болып, ол компютердиң барлық қурылмалары арасындағы өзара жалғаныўын ҳәм байланысты тәмийнлейди. Системалы шина төмендегилерди өз ишине алады: мәнислердиң кодлы шинасы (МКШ), ол операнд ...

Joylangan
05 Jun 2024 | 16:38:57
Bo'lim
Informatika va AT
Fayl formati
zip → ppt
Fayl hajmi
58.12 KB
Ko'rishlar soni
94 marta
Ko'chirishlar soni
8 marta
Virus yo'q.
VirusTotal da tekshirish
O'zgartirgan san'a:
29.03.2025 | 00:53
Arxiv ichida: ppt
Joylangan
05 Jun 2024 [ 16:38 ]
Bo'lim
Informatika va AT
Fayl formati
zip → ppt
Fayl hajmi
58.12 KB
Ko'rishlar soni
94 marta
Ko'chirishlar soni
8 marta
Virus yo'q.
VirusTotal da tekshirish
O'zgartirish kiritilgan:
29.03.2025 [ 00:53 ]
Arxiv ichida: ppt